мийнет қорғаў

DOC 50 стр. 1,1 МБ Бесплатная загрузка

Предварительный просмотр (5 стр.)

Прокрутите вниз 👇
1 / 50
1.1лексия текстлери лексия №1 филлин кирисиў мийнетти қорғаў – бул, жумыс просессинде инсанның мийнетке қәбилетин, денсаўлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийнлеў ушын бағдарланған нызамлар жыйнағы, сосиал-экономикалық, шөлкемлестириў, техникалық, гигиеналық, профилактикалық илажлар ҳәм қураллар болып табылады. мийнетти қорғаў курсы сосиал-ҳуқықый мәселелерди өз ишине алған инженерлик пән болып, фундаментал пәнлер болған физика, химия, экология ҳәм математика менен бирге әмелий мийнет гигиенасы, өндирис санитариясы, мийнет психологиясы, улыўма инженерлик, өрт техникасы, эргономика, санаат эстетикасы ҳәм басқа пәнлерден ибарат. бул пәнниң методологиялық тийкары - мийнет шараятын, технологиялық просессти, ажралып шығатуғын зыянлы затларды ҳәм пайдаланыў ўақтында пайда болатуғын қәўипли жағдайларды илимий анализлеў. бунда анализ тийкарында өндиристеги қәўипли орынлар, иске асыўы мүмкин болған қәўипли жағдайлар анықланады, олардың алдын алыў ҳәм жоқ қылыў шаралары ислеп шығылады. бул мәселелердиң ҳәммеси өз-ара байланысқан ҳалда, келешек жобаларды есапқа алған ҳалда көриледи. мийнет нызамшылығы ҳуқықый нормативлер жыйнағы болып, жумысшы ҳәм хызметкерлердиң мийнет қатнасықларын басқарып турады. мийнет гигиенасы ҳәм санаат санитариясы - шөлкемлестириў илажлары ҳәм …
2 / 50
оллана алатуғын, мийнет өнимдарлығын асырыў менен бирге, жарақатларды, кәсиплик кеселлик, авария, өрт ҳәм жарылыўдың алдын ала билетуғын қәнигелер таярлаўдан ибарат. курстың ўазыйпасы қәўипли ҳәм зыянлы өндирис жағдайларын олардың инсан денсаўлығына тәсири ҳәмде усы қәўипли затларды өлшеўде қолланылатуғын заманагөй усыллар ҳәм олардан қорғаныў шараларын үйрениўден ибарат. соның менен бирге жумыс орынлары ҳәм кәрханаларында жумыс шараятын, тәртипти, жумыс қуралларының ҳәм үскенелериниң бахысыз ҳәдийселердиң келип шығыўына себеп болыў итималлығы көз қарасынан илимий анализлеў ҳәм оннан келип шығатуғын жуўмақларға таянған ҳалда бахысыз ҳәдийселердиң алдын алыўға имканият беретуғын илаж-шараларды ислеп шығарыўдан ибарат. лексия №2 мийнетти қорғaўдың ҳуқықый ҳәм нормaлaры ҳәм шөлкемлестириў тийкaрлaры жобaсы: 1. мийнетти қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары. 2. мийнетти қорғаў тараўындағы норматив талаплар ҳәм қағыйдалар. 3. мийнет қәўипсизлиги стандартлары системасы. 4. мийнет қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик ҳәм жәмиетлик қадағалаў. 1. мийнетти қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары мәмлекетимизде мийнетти қорғаў нызам хүжжетлери менен белгилеп қойылган болып, тәртипке салынады, басқарып турылады. өзбекстан республикасы конститусиясында ҳәм «мийнетти қорғаў ҳақкында» …
3 / 50
ында орынланатуғын ямаса патасланыў менен байланыслы жумысларда ислейтуғын жумысшы-хызметкерлерге белгиленген нормаларға муўапық бийпул аўқат, арнаўлы кийим-кеншек ҳәм басқа түрдеги жеке қорғаныў қураллары, сүт ямаса оның орнын баса алатуғын басқа азық-аўқат өнимлери берилиўи көзде тутылған. кәрхананың админстрасиясы өз хызметкерлериниң жумыс түрлерине муўапық мийнет шараяты зыянлы, айрықша температура шараятында ямаса патасланатуғын жумысларда ислейтуғын ислеўшилерге белгиленген муғдарда арнаўлы кийим-кеншек, аяқ кийим, сабын, сүт, ыссы шараятта ислейтуғын ислеўшилерди газли суў менен пулсыз тәмийинлеўи өзбекстан республикасы мк ниң 216, 217, 218, 219-статяларында көрсетилген. өзбекстан республикасы конститусиясының 65-статясында «аналық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады» деп айтылған. республикамыз мк ниң 225, 226-статяларында аўыр жумысларда, мийнет шараяты, зыянлы болған жумысларда, сондай-ақ жер асты жумысларында ҳаяллардың мийнетинен пайдаланыў қадаған етилген. ҳаяллардың түнги жумысларда ислеўи де мүмкин емес. тек айырым жағдайларда зәрүрлик болғаны ушын рухсат бериледи. баласы еки жастан он төрт жасқа шекемги ҳаяллар (майып баласы болса 16 жасқа шекем) өзлериниң разылығы болмаса жумыс ўақтынан тысқары жумысларға тартылыўы ямаса хызмет …
4 / 50
мийнет дем алысына үш күн қосымша дем алыс бериледи, бирақ ҳаяллардың улыўма дем алысы 28 күннен аспаўы керек. жаслардың мийнетин тәртипке салыў мк ниң 239-247-статяларында көрсетилген. онда жас өспиримлерди 16 жастан жумысқа қабыл етиў айтылған. aйрықша жағдайларда кәсиплик аўқам аўқам комитетиниң разылығы менен 15 жасқа толған жасларға мийнет етиў ҳуқықы берилген. 1991-жылдан баслап мектеп оқытыўшыларына 14 жастан баслап жазғы дем алыс ўақтында мийнет ислеў мүмкинлиги нызамластырылған. 18 жасқа толмаған ҳәр бир жас өспиримниң мийнети қорғалады. олардың аўыр жумысларда, жер асты жумысларында, ден саўлығына зыян беретуғын жумысларда ислеўи қадаған етилген. жаслардың аўыр жүк көтериўи ҳәм тасыўы мүмкин емеслиги нызамластырылған. ҳәр бир 18 жасқа толмаған шахс жумысқа орналасыўынан алдын медисиналық көриктен өткерилиўи ҳәм ҳәр жылы ден саўлығы ҳаққында мағлыўмат берип турыўы керек. егер ислеп атырған жумысы жас өспиримниң ден саўлығына туўры келмесе оны басқа жумысқа өткериў лазым. 16 жастан 18 жасқа шекемги жаслар ҳәптесине 36 саат, 15 жастан 16 жасқа шекемги жаслар …
5 / 50
, эксковаторлардың дурыс ҳәм қәўипсиз ислеўин қадағалап турады. мәмлекетлик сaнитaрия қaдaғaлaўы – ден саўлықты сақлаў министрлиги жанында дүзилген. қадағалаўдың бул түри кәрханаларда кәсиплик кеселликлердиң алдын алыў, топырақ, ҳаўа, жер үсти ҳәм асты суў ҳәўизлерин өндиристиң зыянлы шығындыларынан сақлаў, шаўқымның тәсирин кемейтиў ҳәм усыған уқсас мәселелер менен шуғылланады. санитария қадағалаўы санитария-эпидемиология хызмети басқармалары арқалы алып барылады. мәмлекетлик өрт қaдaғaлaўы - ишки ислер министрлиги жанында дүзилип, кәрханаларда өртке қарсы жумысларды уйымластырады, өрт өшириўши үскенелердиң жумысқа жарамлылығын қадағалап барады, өртке қарсы гүресиў көрсетпелерине әмел қылыныўын қадағалап барады. бул хызметкерлерге сехларды, имаратларды ҳәм кәрханаларды қадағалап барыў ҳуқықы берилген. егер усы орынларда өрт пайда болыў қәўпи туўылса онда кәрхана, сех ҳәм бөлим жумысының бир бөлеги яки толық тоқтатылып қойылыўы мүмкин. мәмлекетлик кәсиплик aўқaмының қaдaғaлaўы - кәсиплик аўқамының орайлық комитети ҳәмде республика ҳәм ўалаят қадағалаўшылары тәрепинен әмелге асырылады. бул шөлкемлердиң техникалық қадағалаўшыларына кәрханалардың мийнетти қорғаў ҳаққындағы қарар, қағыйда ҳәм көрсетпелерин, санаат санитариясы ҳәм мийнет нызамшылығын тексериў …

Хотите читать дальше?

Скачайте все 50 страниц бесплатно через Telegram.

Скачать полный файл

О "мийнет қорғаў"

1.1лексия текстлери лексия №1 филлин кирисиў мийнетти қорғаў – бул, жумыс просессинде инсанның мийнетке қәбилетин, денсаўлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийнлеў ушын бағдарланған нызамлар жыйнағы, сосиал-экономикалық, шөлкемлестириў, техникалық, гигиеналық, профилактикалық илажлар ҳәм қураллар болып табылады. мийнетти қорғаў курсы сосиал-ҳуқықый мәселелерди өз ишине алған инженерлик пән болып, фундаментал пәнлер болған физика, химия, экология ҳәм математика менен бирге әмелий мийнет гигиенасы, өндирис санитариясы, мийнет психологиясы, улыўма инженерлик, өрт техникасы, эргономика, санаат эстетикасы ҳәм басқа пәнлерден ибарат. бул пәнниң методологиялық тийкары - мийнет шараятын, технологиялық просессти, ажралып шығатуғын зыянлы затларды ҳәм пайдаланыў ўақтында пайда болатуғын қәўипли жағдайларды и...

Этот файл содержит 50 стр. в формате DOC (1,1 МБ). Чтобы скачать "мийнет қорғаў", нажмите кнопку Telegram слева.

Теги: мийнет қорғаў DOC 50 стр. Бесплатная загрузка Telegram