конституцияны жаӊалаўға зәрүрлик

PPT 17 pages 173.0 KB Free download

Page preview (5 pages)

Scroll down 👇
1 / 17
слайд 1 конституциялық реформалардыӊ мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге арналған конституцияны жаӊалаўға зәрүрлик 1. соңғы алты жылда ерискен табысларымызды (атап айтқанда экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм диний еркинлик, социаллық қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлердиӊ алып тасланғаны, нақ пул, валюта, кредит, дебитор-кредитор мәселелериндеги машқалалардыӊ шешилгени, қоңсыларымыз бенен арамыздағы 25 жыллық “музлар еригени” ҳәм т.б.) артқа қайтпаўға исенимли конституциялық қорғаўды тәмийинлеў, бул ерисилген табыслар, ҳуқық ҳәм еркинликлерден тек ғана ҳәзирги емес, ал, келешек әўладларымыз емин-еркин пайдаланыўы ушын, оларды әлбетте конституцияда белгилеп қойыўымыз зәрүрлиги. 2. дүньяда күннен-күнге жаңадан-жаңа сынаўлар, қәўип-қәтерлер пайда болып атырғаны; бүгинги қарама-қарсылықлы процесслер, экономикалық қарама-қарсылықлар қашан ҳәм не менен жуўмақланыўын болжап болмаслығы; айырым мәмлекетлердиң дүнья картасында қалыў-қалмаўы сораў астында қалып атырғанлығы; жәҳәнде 100 миллион халық өз өмирин сақлаў ушын, басқа еллерде баспана излеп жүргени; азық-аўқат жетиспеўшилиги, энергия ресурсларыныӊ жетиспеўшилиги, пандемия сыяқлы глобал мәселелер раўажланған мәмлекетлер халқын да терең ойландырып қойып атырғанлығы ҳәм булардың барлығы бизге тәсир көрсетиўи; 3. регионымыздағы жағдай …
2 / 17
ренилди, соннан кейин конституция жойбары таярланды. алдынлары конституцияны қабыл етиўде дәслеп жойбары ислеп шығылып, соӊынан халықтыӊ додалаўына қойылған. - биринши басқышта конституцияныӊ жойбарын қәлиплестириў ушын адамларымыз 60 мыӊнан зыят усынысларды берди. усы усыныслардыӊ ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орын алды; - екинши басқышта конституция жойбары улыўмахалықлық додалаўға қойылды. ғалаба хабар қураллары, интернет тармақлары арқалы жойбар менен 5 миллион халқымыз танысып шығып, 150 мыӊнан аслам усынысларды билдирди. соның менен бирге, мийнет жәмәәтлери, жоқары оқыў орынлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм зыялылар менен болып өткен додалаўларда да және 10 мыӊ қосымша усыныс келип түсти. жаӊа конституция конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. яғный, тийкарғы нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды. жаӊа конституцияныӊ тийкарғы, принципиаллық жаӊалықлары өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленбекте. социаллық, бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени. мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте. 1. конституцияда ҳәр …
3 / 17
мағлыўмат ушын: бунда, усы жылда “кепилленген хызметлер пакети” қайта көрип шығылып, 20 түрдеги кеселликлер бойынша диагностика, емлеў ҳәм профилактика хызметлери көлеми толық қамтып алынады. көп ушырайтуғын 20 түрдеги кеселликлер бойынша басланғыш буўындағы бийпул анализ түрлери - 15 тен 25 ке шекем, тексериўлер - 10 нан 20 ға шекем, дәрилер - 64 тен 90 ға асырылады. 4. социаллық мәмлекетке тән бундай жақынласыў билимлендириў тараўы бойынша да көплеген статья ҳәм нормаларда өз сәўлелениўин таппақта. билимлендириў ҳәм илим-пәнге байланыслы нормалар дерлик 2 есеге асып атыр. 5. пуқаралардың жоқары оқыў орныларына мәмлекетлик грант есабынан оқыў ҳуқықы қатаң белгиленбекте. мағлыўмат ретинде айтыў мүмкин, 2017-жылға шекем жоқары оқыў орныларына кириў ушын мәмлекетлик грантлар саны тек қысқарып келген болса, соңғы алты жылда бул тараўдағы жағдай пүткиллей өзгерди. грантлар саны 2 есе көбейип, 40 мыңға жетти. соннан, магистратура ушын – 5 есе көбейди. 6. пуқаралардың бийпул басланғыш кәсип-өнерге оқытылыўы белгиленбекте. 7. майыплылығы бар балаларымызға өз теңлеслери менен бирдей …
4 / 17
елгилениўи беккемленбекте. 12. ҳәмледарлығы яки баласы барлығы менен байланыслы себеплерге байланыслы ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейттириў қадаған етилиўи белгиленбекте. 13. мәмлекет пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, сондай-ақ кәмбағаллықты қысқартыў шараларын көриўи беккемленбекте. 14. мәмлекет пуқаралардың кәсиплик таярлығын ҳәм қайта таярлығын шөлкемлестириўи ҳәмде хошаметлеўи белгиленбекте. 15. балалар мийнетиниң баланың саламатлығына, қәўипсизлигине, физикалық, ақылый ҳәм руўхый жақтан толық раўажланыўына қәўип туўдырыўшы, атап айтқанда, оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай формалары қадаған етилиўи белгиленбекте. 16. ҳәр ким жумыссызлықта социаллық тәмийнат алыў ҳуқықына ийе екенлиги беккемленбекте. 17. пенсия, напақа ҳәм басқа социаллық жәрдемлер көлеми ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылмақта. бул дегени, 2 миллион 200 мың социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар мәмлекеттен кепилленген материаллық жәрдем алады. бул жәми – шаңарақлардың 25 пайызына туўры келеди, оларға ҳәр жылы 11 триллион сўм ажыратылады. 18. конституция жойбарында 18 миллионнан аслам жаслар мәселелерине де айрықша …
5 / 17
ламларының турмыс дәрежесин арттырыўға, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында толық қатнасыўы ушын оларға шараятлар жаратыўға ҳәмде олардың тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин ғәрезсиз рәўиште тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған илажларды көриў белгиленбекте. өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет деп белгиленбекте. инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте. инсан ҳуқықларына тийисли нормалар 3 еседен артыққа аспақта. инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленбекте. нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр. өзбекстан республикасында инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына муўапық ҳәмде усы конституцияға муўапық болыўы кепиллениўи белгиленбекте. мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қарата қолланылатуғын ҳуқықый тәсир шаралары сәйкеслик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы кереклиги беккемленбекте. нызамшылықта белгиленбеген миннет ҳеш кимниң мойнына оның разылығысыз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте. сондай-ақ конституциямызда: - өлим жазасы қадаған етилмекте; - шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў …

Want to read more?

Download all 17 pages for free via Telegram.

Download full file

About "конституцияны жаӊалаўға зәрүрлик"

слайд 1 конституциялық реформалардыӊ мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге арналған конституцияны жаӊалаўға зәрүрлик 1. соңғы алты жылда ерискен табысларымызды (атап айтқанда экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм диний еркинлик, социаллық қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлердиӊ алып тасланғаны, нақ пул, валюта, кредит, дебитор-кредитор мәселелериндеги машқалалардыӊ шешилгени, қоңсыларымыз бенен арамыздағы 25 жыллық “музлар еригени” ҳәм т.б.) артқа қайтпаўға исенимли конституциялық қорғаўды тәмийинлеў, бул ерисилген табыслар, ҳуқық ҳәм еркинликлерден тек ғана ҳәзирги емес, ал, келешек әўладларымыз емин-еркин пайдаланыўы ушын, оларды әлбетте конституцияда белгилеп қойыўымыз зәрүрлиги. 2. дүньяда күннен-күнге жаңадан-жаңа сынаўлар, қәўип-қәтерлер пайда болып атырғаны; бүгинги қара...

This file contains 17 pages in PPT format (173.0 KB). To download "конституцияны жаӊалаўға зәрүрлик", click the Telegram button on the left.